К основному контенту

«Жасорат» клубы шөлкемлестирилди



Өзбекистан жаслар аўқамының 2018-жылда озиниң тийкарғы ўазыйпасы жаслар арасында ҳуқукбузарлық хәм жинаятшылыктын алдын алыў есапланады. Карақалпақстан Республикасы Ишки ислер Министрлиги Профилактика ислери бойынша бөлим баслығы Қ.Нурабуллаев ҳабар бергендей  Қарақалпақстан Республикасында жинаятшылық 2017-жылда 17% кемейгени менен, жаслар арасында бул көрсеткиш кемейгени жоқ. Сол себепли, жасларамыздың жинаятшылықға қол урыў басқы себеплериниң алдын алыў ҳәм жасларымыздың социаллық, интеллектуаллық ҳәм руўхый қалиплесиўи, ҳәм Өзбекистан Республикасы Қураллы Кушлер сапында муддетли әскерий хизмет өтеп қайтқан жаслар менен ислесиў  мәксетинде Өзбекистан Жаслар аўқамы Кеңеслери қасында «Жасорат» клубы шөлкемлестирилди. Клубтың ең алғы мәксети етип жинаятлар профилактикасын әмелге асырыў ҳәм шөлкемлестириў болып табылады. Көпшиликге белигили «ғалабалық мәденият»тың зыянлы тареплери себенинен айрым  жасларымыз дем алыў орынларында белгиленген ўақтлардан тысқары ўақытлардада өз ата-анасы ямаса  олардың орнын басыўшы адамларсыз болыўы жол қойылмақда. Буның себебинен айрым өспиримлер тәрепинен ҳәр турли ҳуқуқбузарлықлар ҳәм жинаятларға алып келиўши хәрекетлер қылыныўы себепши болған орынларда профилактика жумыслары алып барылмақта. Яғный 6 жоқары оқыў орынларыннан 174 жаслар топланған жаслар топарлары 58 аўыл пуқаралар жыйыны профилактика инспекторлары менен биргеликте «Тунги рейд»лер шөлкемлестирип жаслар менен сәўбетлер өткезбекте.
«Әлбетте, биз жасларға «ғалабалық мәденият» ҳәм заманағой технологиялардан пайдаланбаўды емес, ал олардан унемли пайдаланыў, озине керек болған мағлыўматты ислеу жолларын үгит-насият етемиз. Технологиялардың пайдаланыўы зыянлы тәреплерине қарамастан жақсы тәреплеринен унемли пайдала билсек ҳәм ҳуқуқбузарлықлардыда кемейтген боламыз ҳәм информатцианы пайдаланыў мәдениятында асырған боламыз» дейди Өзбекистан Жаслар Аўқәмы бөлим баслығы Қ.Моятдинов  

Ислам Узакбергенов

«Жас репортёрлар» клубы ағзасы

Комментарии

Популярные сообщения из этого блога

Ko'rgizbe sarayi

Abdulla Erimbetov ko'rgizbesi. Biz jas reportyorlar menen birgelikte ko'rgizbe sarayina sayaxat etdik. Ol jerde ko'plep su'wretlerdi ko'rdik. Su'wretler bizlerdi tolqinlandirdi. Meni qiziqtirg'an su'wret "Amudarya"su'wreti boldi. Sebebi su'wrette o'mirdegi waqiyalar ayqin ko'ringen. Jas reportyorlar o'zilerin qiziqtirg'an sorawlari menen Baxtiyar Serekeevqa mu'ra'ja'a't edti.

Min'da bir imka'niyat

Salamat Yuldashevich Avezov 1983-jili 27-iyulda  No'kis qalasinda tuwilg'an. Ol kishkene waqitinan baslap na'giran bolg'an. Jaqinda Jaslar orayinda  Salamat Avezov penen ushirasiw bolip o'tti. Ushirasiwda Jas reportyorlar qatinasti. Bul ushirasiwdi o'tkeriwden maqset qaharmanimizdin' iskerligi menen bolajaq jurnalistlerdi ken'nen tanistiriw.   Salamat Avezov imkaniyati sheklengen boliwina qaramastan, ha'zirgi ku'nde "Mexir tilsimi" atli 16-saytin jolg'a qoydi. Bunday saytti jolg'a qoyiw ha'mmenin' de qolinan kele bermeydi. Onin' saytinda na`granlig'i bar jaslar haqqinda mag`liwmatlar, ja'nede islegen o'nerleri jayg`astirilg`an.  Egerde sizde  imkaniyati sheklengen tanislarin'iz bolsa, Salamat Avezovtin' sayitinda ko'riwin'izdi qa'lesen'iz, olarg`a quwanish u`lesiwdi qa'lesen'iz telegram tarmag'indagindag'i nomerlerge imkaniyati sheklen adamnin' su&#