К основному контенту

Сообщения

Сообщения за февраль, 2018

553 puxara jumis penen tamiynlendi

No'kis qalasinda O'zbekistan jaslar awqami Qaraqalpaqstan Respuplikaliq Ken'esi baslamasi menen isbilermenler, o'nermentler ko'rgizbesi ha'm miynet yarmarkasi sho'lkemlestirildi.     Miynet yarmarkasinda 1000g'a jaqin bos jumis orinlari boldi. Miynet yarmarkasi dawaminda 553 puxarag'a jumisqa jaylasiw ushin jollanba berildi.   Bulardan 254 puxara(105 jaslar 11 kolledj pitkeriwshileri, 66 hayal-qizlar) yarmarkanin' o'zinde jumisqa jaylasti.

«Жасорат» клубы шөлкемлестирилди

Өзбекистан жаслар аўқамының 2018- жылда озиниң тийкарғы ўазыйпасы жаслар арасында ҳуқукбузарлық хәм жинаятшылыктын алдын алыў есапланады . Карақалпақстан Республикасы Ишки ислер Министрлиги Профилактика ислери бойынша бөлим баслығы Қ . Нурабуллаев ҳабар бергендей   Қарақалпақстан Республикасында жинаятшылық 2017- жылда 17% кемейгени менен , жаслар арасында бул көрсеткиш кемейгени жоқ . Сол себепли , жасларамыздың жинаятшылықға қол урыў басқы себеплериниң алдын алыў ҳәм жасларымыздың социаллық , интеллектуаллық ҳәм руўхый қалиплесиўи , ҳәм Өзбекистан Республикасы Қураллы Кушлер сапында муддетли әскерий хизмет өтеп қайтқан жаслар менен ислесиў   мәксетинде Өзбекистан Жаслар аўқамы Кеңеслери қасында « Жасорат » клубы шөлкемлестирилди . Клубтың ең алғы мәксети етип жинаятлар профилактикасын әмелге асырыў ҳәм шөлкемлестириў болып табылады . Көпшиликге белигили « ғалабалық мәденият » тың зыянлы тар